Шайыра менен сәўбет

Қарақалпақ тили сондай сулыў тиллердиң бири, онда сөйлеўши халық ақкөкирек, мәрт, мийримли екенлиги сезилип турады. Усы тилдиң әжайып қырларын қарақалпақ шайырасы Гүлистан Дәўлетованын дөретпелеринде көриўимизге болады.

 Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультетиниң питкериўши студентлери педагогикалық әмелиятын өтеп атырған Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма билимлендириў мектебинде мектеп директоры,  шайыра Гүлистан Дәўлетова менен әдебий ушырасыў кешеси өткерилди.

Әдебий кешеде факультет руўхыйлық ислери бойынша декан орынбасары Т. Кулниязов, Инглис тил билими кафедрасы ассистенти Э. Еримбетова өзи басшылық етип атырған топар менен қатнасты ҳәм алып барды. Бул кешени шөлкемлестириўден негизги мақсет – студент жасларды ана тилимизде әдебий китаплар көбирек оқыўға, олардан руўхый азық алыўына, қызларды турмысқа таярлаўда пикирлер алысыў еди. Кеше даўамында шайыра студентлерге өзиниң илим, шаңарақ, бала тәрбиясында бийбаҳа пикирлери менен бөлисти. Питкериў қарсаңында турған жасларға келешектеги турмысында, ийелейжақ кәсиби искерлигинде туўры жол-жоба, нәсиятларын турмыс мысалларында өз қосыклары менен жеткерип берди. Студентлер өзлери қызықтырған сораўларына шайырадан мазмунлы жуўаплар алды. Кеше соңында студентлер өзлериниң шайыра қосыкларынан жақсы тәсирлер алғанлығын айтып, миннетдаршылық билдирди ҳәм шайыра қосықларынан бирин 402-топар студенти Г.Азбергенова инглис тилине аўдармалап айтып берди.

 

 

 

Пайдалы дереклер