Мақсетимиз мәмлекетимизде алып барылып атырған суд ҳуқық тараўындағы реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериў

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  Қарақалпақстан Республикасы судьялары мәмлекетимизде алып барылып атырған суд ҳуқық тараўындағы реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериў, оның мазмунын тусиндириў бойынша юридика факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм юриспруденция қәнийгелиги студент жаслары менен ушырасты.

Ушырасыўды юридика факультети деканы, профессор Е.Қутыбаева алып барып, күн тәртибиндеги мәселелерге тоқтап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының судьясы Абдикаримов Абдикамал «Бир суд бир инстанция», судья Отегенова Луиза «Дәслепки еситиў институты ҳаққында» ҳәм судья Байниязов Махмуд «Ҳәкимшилик ислерди аппеляция тәртибинде көрип шығыў» атамаларындағы темалары бойынша студент жаслар менен кең түрде сәўбетлесиў өткерди.

Ушырасыў даўамында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар өзлериниң усынысларын ҳәм қызықтырған сораўларын берип, анық жуўаплар алды.

 

 

Пайдалы дереклер