Университет жаслары Өзбекстан Республикасы Инновация раўажланыў министри Иброхим Абдураҳмонов пенен ушырасты

2020-жыл 19-декабрде саат 12:00 де Ташкент ахборот технологиялары университети Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Инновация раўажланыў министри Абдураҳмонов Иброхим пенен студент жаслар ортасында ушырасыў болып өтти. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий инновациялық исленбелерди коммерцияластырыў бөлими баслығы Дамир Жуманиязов Университет Стартап топары ағзалары менен өзлериниң 9 Стартап проекти менен қатнасты. Олардан Санаат технологиясы факультети 3-курс студенти Наурызбаев Жәнибек “Саноат чиқинди сувларини тозалашда флокуляция усулидан фойдаланиш”, Химия-технология  факультети 4-курс студенти Оспанов Темур “Excusive”- Электр энергиясини қайта тиклаш муаммолари ҳәм “Eco City” – Чиқиндиларни йиғишни автоматлаштириш тизими,  Архитектура факультети 4-курс студенти Бисенов Мухаммед “Магнитик” ҳәм  “Лего ғиштлар”, Биология факультети 3-курс студенти Хожанова Гулбану “Fito-Miya” ҳәм “Жумыс бар”, Экономика факультети 3-курс студентлери Сапарова Фатима ҳәм Мақсетова Наргизалар “Eco Bags”, Физика факультети 3-курс студенти Юлдашев Тимур “Шаҳар кўчаларини ёритишда энергия сарфини камайтириш” атамасындағы проектлери менен қатнасты.       Өзбекстан Республикасы Инновация раўажланыў министри Абдураҳмонов Иброхим университет студентлеринен төмендегилердиң пректлерин мақул деп тапты ҳәм материаллық жақтан қаржыландырылатуғынлығын билдирди:

Оспанов Темурдың “Exclusive” Электр энергиясини қайта тиклаш муаммолари  проекти 400 млн сўм;

 Бисенов Муҳаммедтиң “Лего ғиштлар” проекти 80 млн сўм;

 Хожанова Гулбанудың “Жумыс бар” проекти 20 млн сўм муғдарында қаржыландырылатуғын болды.

Сондай-ақ, Наурызбаев Жәнибектиң “Саноат чиқинди сувларини тозалашда флокуляция усулидан фойдаланиш” проекти ушын цех ашып берилетуғынлығы, Сапарова Фатима ҳәм Мақсетова Наргизалардың “Eco Bags” проекти ушын тигиў машиналары алып берилетуғынлығы айтылды.

.

 

Пайдалы дереклер