Усы жылдың 18-19- декабрь күнлери Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт базасында «8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы» күнине бағышланған спорттыӊ волейбол түри бойынша ерлер ортасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти. Жарыста 10 нан артық командалар қатнасты. Жарыс жуӯмағында 1-орынды Қарақалпақ мәмлекетлик университети, 2-орынды Ѳзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы, 3-орынды Нөкис мәмлекетлик педагогика институты командалары ийеледи.

