Уллы Британия мәмлекетиниң елшиси менен ушырасыў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстанның Уллы Британия мәмлекетиниң елшиси менен ушырасыў болып ѳтти.

Мийманлар университеттиң бас бинасында  салтанатлы жағдайда күтип алынды.

 Буннан соң  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры О. Дуйсенбаев, Халықаралық ислери бойынша проректоры А.Алымов, Шет тиллер факультети деканы ДЖ.Қурбанбаев ҳәм Халықаралық окыў бѳлими баслығы Ш. Шаниязовлардың қатнасында келген мийманлар менен биргеликте ѳз-ара пикир алысыў болып ѳтти. Университетиң оқыў ислери бойынша проректоры О. Дуйсенбаев оқыў процессинде алып барылып атырған жумыслар менен мийманларды таныстырып ѳтти.

Уллы Британия мәмлекетиниң елшиси Рустам Саид Хуршидович сѳзге шығып, оқыў ҳәм илимий жумыслар бойынша бирге ислесиў бағдарындағы мәселелерге кѳз-қарасын билдирди.

 Ѳз-ара пикир алысыў барысында университетте туризм, гид жолдаслығы, экология бағдарында билим алып атырған студентлеримиздиң билим шеңберин еле де кеңейтиўде итибар талап етилетуғын мәселелер әтирапында университет ректораты тәрепинен  усыныслар билдирилди.

Буннан соң мийманлар Қарақалпақ мәмлекетлик университети базасында жайласқан Британия кеңеси орайын барып кѳрди.

 

 

Пайдалы дереклер