Халқымызда «Саўап исти ҳәр ким ҳәр куни ислеўи керек» деген әжайип нақыл бар. Бул нақылды биз дерлик ҳәр күни еситемиз. Гейде жанымыздағы досларымызға да айтып қоямыз. Бирақ, өзиңизге сораў берип көрдиңизбе? Соңғы мәрте қашан, кимге саўап ис қылдыңыз? Еситкен рахметлериңизди еслей аласыз ба? Негизинде дийқан жерине мәкке дәнин сеўип, гүрбек қаўын күтиўи туўры емес, атызына қамыс еккенлер гүзде қант өндирип алады. Бәрше ислердиң нәтийжеси нийет ҳәм қылынған әмелге байланыслы. Саўап ислер тек мүтәжлерге жәрдем берип қоймастан, саўап ис қылған инсанның да кеўил-кейпиятын көтереди. Жәнеде қайырлы ислерге қол урыўға ийтермелейди.
Санаўлы күнлерден соң елимизге жаңа 2021-жыл есик қағып кирип келеди. Байрам болса саўғаларсыз болмайды. Саўғалар ишинде ең жақсы саўға – итибар, шийрин сөз ҳәм ғамхорлық.
Санаат технологиясы факультети жәмәәти байрам алдынан мине усындай әжайып саўғаларды қаламыздың бир неше шаңарақларына инам етиўди нийет қылып қайырқомлық акциясын өткерди. Факультет деканы Р.Қурбаниязов басшылығында белсенди студентлер менен биргеликте қаламыздың «Қурылысшы» МПЖ да жасаўшы социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың үйлеринде болып, шаңарақ басшыларына азық-аўқат өнимлерин тапсырды ҳәм кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Өз гезегинде шаңарақ ийелери де бундай итибар ҳәм ғамхорлық ушын миннетдаршылығын билдирди. Кишкенелер болса жаңа жылға арналған қосық-тақмақлары арқалы қуўанышын бөлисти.
Гоззал Жалгасова
Санаат технологиясы факультети студенти

