УНИВЕРСИТЕТ ЖАТАҚХАНАСЫНДА ТУРЫЎШЫ СТУДЕНТЛЕРДИҢ БАЙРАМ ҚУЎАНЫШЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймовтың басшылығында Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен жатақханада турыўшы студентлердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, байрам саўғалары тапсырылды.

Университеттиң жатақханасында турған шет ел пуқаралары есапланған студент жаслар ҳәм «Меҳрийбанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары  болған студентлер университет ректораты тәрепинен берилген саўғаларды қабыл алар екен, университет ректоратының аталарша ғамхорлығынан миннетдар болды.  

 Жатақханада турыўшы студентлер ушын байрам дастурханы шѳлкемлестирилди.

-Жаңа жыл қарсаңында ректорымыздың ѳзи келип биз бенен сәўбетлесип, ҳәммемизге саўға үлестиргени, үлкен қуўаныш болды,- дейди студент жаслар ѳзлериниң шадлықлары менен бѳлисип.

 

 

Пайдалы дереклер