Жасларды шаңараққа таярлаў атамасында психологиялық тренинг өткерилди

Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турар жайында жасаўшы студентлери менен  университет Ҳаял-қызлар Кеңеси ҳәм  университет психологы тәрепинен «Шаңарақ қурыўға психологиялық таярлық» атамасындағы  психологиялық тренинги ҳәм де сораў-жуўап кешеси өткерилди. Бунда итибар шаңарақта миллий қәдириятлардың тутқан орнына, менталитетимизге сай тәризде өз-ара қатнасықларды жолға қойыў усылларына, ерли-зайыптың келиспеўшилик жағдайларының алдын алыўға қаратылды. Ушырасыўда университет педагогика-психология, экономика кафедрасы профессор оқытыўшылары мийман болды.

 

 

 

Пайдалы дереклер