Аўыл – xожалығында минерал төгинлердиң әҳмийети

 

Ҳәзирги ўақытта аўыл-xожалығын раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар алып барылмақта. Мысалы ушын, Өзбекстан Республикасының Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл, 18-июньдағы “Аўыл xожалығында топырақтың агроxимиялық анализ системасын раўажландырыў, егин жерлеринде топырақтың өнимдарлығын асырыў ис- илажлары ҳаққында”ғы 510- санлы қарарын келтирсек болады.

Бул қарар Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың 5 бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы “Жедел инвестициялар ҳәм социал раўажланыў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик дәстүр ҳаққында”ғы 2019-жыл, 17-январьдағы 5635-санлы Пәрманы ҳәм “Мийўе ҳәм палыз өнимлери тараўында аўыл-xожалығы кооперациясын раўажланыдырыў ис-илажлары ҳаққында” 2019-жыл 14-марттағы 4239-санлы қарарын әмелге енгизилиўин тәмийнлеў ҳәм топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм асырыў, аўыл-xожалығы жерлеринде топырақтың азықлық затлар менен тәмийнленгенлик дәрежесин турақлы бақлап барыў, аўыл-xожалығы егинлериниң минерал төгинлерге болған илимий мүтәжлигин анықлаў ушын агроxимиялиқ картограммаларды ислеп шығыў, минерал төгинлерден топырақтың жағдайы ҳәм егин түрине байланыслы контурлар кесиминде ажыратып пайдаланыў системасын жолға қойыў мақсетинде қабыл етилген.

Өсимликлер өнимдарлығын арттырыўда Ю.Либиxтың пикирлери әҳмийетли есапланады. Себеби өсимлик қанша муғдарда зүрәәт берсе, ол сонша муғдарда топырақтан азықлық затларды алады.

Нәтийжеде, егер топыраққа сол алып кетилген затлардың орнын толтырыў ушын төгинлер берилмесе, өсимлик келеси жылы алдыңғыдай болып зүрәәт бермейди.

Сонлықтан, гүзде ҳәм бәҳәрде топыраққа дәрис берилип келинеди. Егин егилген ўақыттан баслап болса, өсимликлердиң өсиў дәўирлерине қарап, ҳәр қыйлы минерал затлар бериледи.

Топырақты жасалма төгинлеў арқалы өнимдарлықты арттырыў менен жәмийетти ашлықтан қорғаў имканияты пайда болды. Нәтийжеде болса, минерал төгинлер арқалы жетистирилген өним есабына азық-аўқат қәўипсизлиги арттырылды.

Бүгинги күнде өсимликлер жақсы өсип раўажланыўы ҳәм мол зүрәәт бериўи ушын берилетуғын минерал затларды яғный минерал төгинлерди ислеп шығаратуғын заводларда иске түсирилген болып есапланады.

Ю.Либиxтың тәжирийбелери арқалы өсимликлерди тек топырақ орталығында өсирип қалмастан, қумлы ҳәм суўлы орталықларда да өсириўимизге болады. Бул болса, ҳәзирги күнде адамлар саны көбейип атырған бир ўақытта, аз ғана жер майданларынан пайдалана отырып, ҳәр қыйлы өсимликлерди жетистирип ҳәм мол зүрәәт алыўға имкан жаратып береди.

О.Султашова

ҚМУ доценти, география илимлеры кандидаты.

А.Кеўнимжаева,

биология факультети

1-курс топырақтаныў магистранты.

Пайдалы дереклер