Бул жерге келип Ўатан қорғаўшыларымыздың әдиўли мийнети және де терең екенин уғындық

Көпшилик инсанлар шаңарағында ул перзент дүньяға келсе, әскер дүньяға келди деп қуўанады.  Елимизди корғайтуғын инсалардың саны биреўге артты деседи. Әлбетте, ул балалар кишкентай ўақтында үлкейсем әскер боламан деп, телевизорда көргенлерине еликлеп жүреди.

  Ўатанды қорғаў ҳәр бир ер азаматтың  миннетли ўазыйпасы екенин және де терең аңлаў мақсетинде  химия-технология факультетиниң  2-басқыш студент жаслары топар басшымыз бенен биргеликте қысқы дем алысымызды мазмунлы өткериў мақсетинде пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелиги жанында жаңадан иске түсиў алдында турған,  Ўатан муқаддеслигин терең уғындыратуғын майданша менен таныстық.   Биз бул жерде турып әскерлик миннетиниң жуўапкершиликли ўазыйпа екенин сезиндик.

 

Елимиздиң тынышлығы, пәраўан жасаўымыздың тийкары Ўатан корғаўшыларымыздың әдиўли мийнети тийкарында екенин уғындық.  Топарымыздағы ер балаларға қоса биз кызлардың да Ўатанды қорғаўдай уллы ўазыйпаны биргеликте орынлаймыз деп пикир еттик.

Химия-технология факультети 2-курс студенти

Куздибева Нилуфар.

 

Пайдалы дереклер