Университетимиздиң дене мәденияты факультети хәм кафедрасы тәрепинен саламат турмыс тәризине әмел етиў максетинде университет профессор оқытыўшылары арасында 4-9-январь күнлери аралығында спорттың волейбол түри бойынша жарыс болып өтти. Жарыс университет көлеминде өткерилип, бунда барлық факультет ҳаял-қызлары хәм ер профессор оқытыўшылары арасында шөлкемлестирилди. Жарысты университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев кирис сѳзи менен ашып берди.
Университет ректорының хаял-қызлары кеңеси мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова сѳзге шығып; бул жарыста хаял-қызларымыздың да қатнасып атырғанын айрықша атап өтти.
Жарыс дәслеп университетимиздиң хаял-қызлары арасында 4-6-январь күнлери болды. Жарыс жуўмағына келип, хаял-кызлар арасында 1-орынды «Хожалық бөлими исши хызметкерлери»нен дүзилген команда, 2-орынды Шет тиллери факультети жеңип алған болса, сыйлы 3-орынды Химия-технология факультетиниң хаял-қызлары жеңип алды. Ал, 7-9-январь кунлери профессор ер оқытыўшыларымыз арасында өткерилген жарыста қызғын беллесиўге бай болды. Бул ойында болса 1-орын Шет тиллер факультети , 2-орынды Химия-технология факультети, 3-орынды болса «Хожалық бөлими исши хизметкерлери»нен дүзилген команда жеңип алыўға миясар болды.
Жеңимпаз болған командаларды сыйлықлаў басқышында университет оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев, хаял-қызлар кеңеси бойынша мәсләҳәтши И.Сейтназарова, экономика хәм хожалық ислери проректоры А.Қудайбергенов, Руўхыйлық бөлими баслығы И.Жуманиязовлардың қатнасында жеңимпазларға диплом хәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Химия-технология факультети 2-курс
студенти Куздибаева Нилуфар.


