Елимиздиң тыныш ҳәм пәраўан турмысын, шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеўде, тынышлығымыздың исенимли тирегине айланган миллий әрмиямыздың дүзилгенине быйыл 29 жыл толды. Усы байрам мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультети Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары Арқа-Батыс әскерий округинде болып, әскерий тараў турмысы ҳәм ол жерде әскерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Өткерилген илажда қатнасыўшылар Қураллы Күшлер тараўында жүргизилип атырған жумыслар, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың нәтийжесинде миллий армиямыз оператив ҳәм ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге мүнәсип соққы бере алатуғын қүдиретли күшке айланғанлығнын мақтаныш пенен тилге алып өтти.
Ўатан қорғаўшылары күни тек әскерий хызметкерлердиң емес, бәлким ҳәзирги ўақытта армия қатарында өзиниң жигитлик парызын өтеп қайтқан, өтеп атырған ҳам ертеңги күни хызметке баратуғын мың-мыңлап наўқыран жигитлердиң байрамы десем алжаспаған боламан дейди, – Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы оқытыўшысы А.Жангабаев. – Сонлықтан бәрше ер азаматларды бүгинги байрам менен қутлықлайман…
Жалғасбай МУЙНАКБАЕВ,
Факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

