Мақсетимиз мектеп оқытыўшыларының алдынғы педагогикалық технологиялар жәрдеминде сабақ өтиўин жетилистириў

Бүгинги күнде елимизде жас әўладтың билим алыўын жетилистириў мақсетинде ийгиликли жумыслар алып барылмақта. Буның бир мысалы ретинде жоқары оқыў орынларының мектеплер менен бирге ислесиўин келтириў мүмкин. Бундағы мақсет мектеп оқытыўшыларының алдынғы педагогикалық технологиялар жәрдеминде сабақ өтиўин жетилистириў ҳәм оқыўшылардың билим дәрежелерин еле де көтериўге көмеклесиўден ибарат. Сол тийкарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң Қарақлпақ тил билими кафедрасы доценти, PhD Генжебай  Абишов ҳәм ассистент Аллабай Турсынбаевлар университетке бириктирилген Шымбай районлық ХББне қараслы 17-санлы мектепте болды. Бул жерде олар мектеп турмысы менен танысып, пән оқытыўшыларының кәсиплик шеберлигин асырыў, оқыўшылардың илим-пәнге қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде мектеп жәмәәти менен ушырасып, өз ара пикир алмасты. Буннан соң мектептиң жоқары класс оқыўшылары менен сәўбетлесип, олардың қәбилети, кәсипке бағдарлаўшы қәнигеликлер бойынша қызықтырған сораўларына жуўап берди. Мектеп китапханасы ушын өзлериниң китапларын саўға етти. Педагоглар менен тәжирийбе алмасыў мақсетинде жоқары класс оқыўшыларына сабақ өтти.

 

 

Пайдалы дереклер