Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳәр ҳәптениң пийшемби күни жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша профилактика күни деп белгилеп алынған.
Усы мүнәсибет пенен университет жаслары арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ушырасыў болып ѳтти. Ушырасыўға университет аймағындағы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйыны профилактика инспекторы, капитан Аллаяр Тѳрениязов катнасты.
Жасларымыз ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылық деген иллеттен аўлақ болыўы ушын нелерге итибар берилиўи керек, бундай жаман иллеттиң жаслардың ертеңги келешегине тийгизип атырған унамсыз тәреплери ҳаққында пикир алысты. Студент жасларымыз ѳзлери ушын әҳмийетли болған баҳалы пикирлерди тыңлап, тәрбия сабақларын алды.

