Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис депутатлары менен илимпазлардың ушырасыўы

Усы жыл 23-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис депутатлары менен илимпазлардың ушырасыўы болып ѳтти.

Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов кирис сѳзи менен ашып берди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы билимлендириў тараўын және де раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды турмысқа енгизиў бойынша Парламент қурамының илимпазлар менен өткерген сәўбетинде илим тараўын раўажландырыў бағдарында профессор оқытыўшылардың пикирлери тыңланды.

Ушырасыўға республикамыздағы жоқары оқыў орынларының ректорлары, профессор оқытыўшылары қатнасып, усы жылғы мәмлекетлик бағдарламада кѳтерилген мәселелерди талықлап, илим ҳәм жоқары билимлендириўди раўажландырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

 Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, Пән, тәлим, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы Захидов Эркин Агзамович, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Ибрагимов Мухтар Мамутович, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты  Валиев Мухаммад Шералиевич сѳзге шығып, илимпазларымыз тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар илимди раўажландырыўға үлкен үлес болатуғынлығын атап кѳрсетти.

Сәўбетлесиў усылында ѳткерилген ушырасыўда илимпазлар ҳәр қандай машқаланы атап ѳтиўи менен бирге оны шешиў механизми барысында да ѳзлериниң пикир-усынысларын ашық-айдын айтып ѳтти.

 

 

Пайдалы дереклер