Бердақ атындағы Қарақалпак мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис депутатлары менен студент жаслардың ушырасыўы болып ѳтти.
Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов кирис сѳзи менен ашып берди. Университет ректоры ѳз сѳзинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының жаслар менен ушырасыўы жасларымыз ушын үлкен имканият екенлигин айтып ѳтип, жасларды ѳзлериниң пикир-усынысларын билдириўге ҳәм исшең қатнасыўға шақырды.
Ушырасыўға республикамыздағы жоқары оқыў орынларының студентлери қатнасып, жаслар мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирди.
“Жасларды қоллап- қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў” деп атама берилген усы жылғы мәмлекетлик бағдарламада кѳтерилген жасларға тийисли мәселелер әтирапында сѳз етилди. Ертеңги келешек ийелери ушын әҳмийетли болған, еле де итибар қаратылыўы зәрүр мәселелер, сондай-ақ, жасларымыздың илимге қызығыўшылығын еле де арттырыў, шет тилин үйрениў, китапқумарлық, кѳркем ѳнер тараўы сыяқлы бағдарларды бүгинниң жаслары кѳз-қарасынан раўажландырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, Пән, тәлим, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы Захидов Эркин Агзамович, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Ибрагимов Мухтар Мамутович, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Валиев Мухаммад Шералиевич сѳзге шығып, студентлердиң билдирген пикир-усыныслары Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жасларының келешеги ушын жақсы баслама екенлигин атап кѳрсетти.

Сәўбетлесиў усылында ѳткерилген ушырасыўда студентлер еркин пикир-усынысларын айтты. Олар мәмлекетимиз басшысының жасларға болған исенимин ақлаў ушын бар билимин жумсаўға таяр екенлигин айтты. Университеттиң студент жаслары сѳзге шығып, университет ректоры А.Реймовқа айрықша миннетдаршылық билдирип ѳтти.
-Бул мақтаўлар минберге шығып мәзи айтылған сѳзлер емес, шын қәлбимиз бенен университет ректорына миннетдармыз. Ол бәрқулла жаслар менен ушырасып, студентлер машқаласы менен жасайды ҳәм сол машқаланы унамлы шешип береди, -деп ѳзиниң сѳзин анық мысаллар менен айтып ѳтти университет студенти Н.Балтабаева.
Жаслар менен сәўбетлесиў пайытында бүгинги жаслар кешеги жаслар емес екенлигин және бир мәрте дәлиллеп берди.
ҚМУ баспасѳз хызмети