Самарқанд экономика ҳәм сервис институты тәрепинен 2021-жыл 19 -20- февраль күнлери «Хызмет көрсетиў тараўын инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында раўажландырыў мәселелери» темасындағы халық аралық илимий-әмелий конференция өткерилиўин хабар беремиз.
Конференцияда көрилетуғын мәселелер:
- Инновациялық ҳәм санлы экономиканың теориялық ҳәм методологиялық мәселелери ҳәм оларды шешиўдиң стратегиялық бағдарлары.
- Инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында халық бәнтлиги, пәраўанлығы, жасаў сапасы ҳәм турмыс дәрежесин асырыў мәселелери.
- Инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында туризм тараўы нәтийжелилигин асырыў механизмлери, раўажландырыў тенденциялары ҳәм келешеги.
- Хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин асырыўда менежмент ҳәм маркетингти инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында жетилистириў мәселелери.
- Хызмет көрсетиў тараўы нәтийжелилигин асырыўда инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында инвестициялардың орны ҳәм финанслық мунәсибетлерди жетилистириў мәселелери.
- Инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында хызмет көрсетиў тараўы нәтийжелилигин асырыўда бухгалтерия есабы, экономикалық анализ, аудит ҳәм статистика пәнлерин жетилистириў мәселелери.
- Хызмет көрсетиў саласының инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында нәтийжелилигин асырыўда бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўды жетилистириў мәселелери.
Конференция: өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде.
Конференцияда профессор-оқытыўшылар, таянш докторантлар, еркин излениўшилер, изертлеўшилер, магистрлер, студентлер ҳәм тараўдың қәнигелери қатнасыўлары мүмкин.
Мақалалар 2021–жыл 30–январьға шекем қабыл етиледи.
Байланыс ушын телефонлар: +99866 2331788; +90 2513168; +97 9137440.
E-mail: iqtisodiyotmaktabi@mail.ru Телеграмда: +97 9137440 Ҳилола Очилова