Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл, 3- октябрдеги ПФ–5843-санлы Пәрманы ҳәм ПҚ–4472-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларында хызмет етип атырған мәмлекетлик хызметкерлердиң
психологиялық (эмоционал интеллект (EQ) ҳәм социаллық жағдайларын терең үйрениў ҳәм анықланған нуқсанларын сапластырыў ҳәм оларды жақсылаў бойынша системалы ислерди жолға қойыў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлерин раўажландырыў агентлиги аймақлардағы психолог қәнигелердиң тәжирийбесин асырыў ҳәм оларда тренерлик кѳнликпесин қәлиплестириў бойынша
комплекс жумысларды әмелге асырмақта.
Әсересе, усы әмелге асырылып атырған жумысларды және де жақсылаў мақсетинде Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен аймақлардағы психолог қәнигелердиң тәжирийбесин асырыў курсы усы жылдың 25-30-январь күнлери аралығында даўам етип атыр.
-Басқарыў психологиясы курсы сабақлары Президент Академиясы ҳәм Москва мәмлекетлик университети Ташкент филиалының профессор оқытыўшылары тәрепинен терең үйретилмекте,-дейди Г Реймбаева.
