ДАҒАЗА!!!

Самарқанд экономика ҳәм сервис институты тәрепинен 2021-жыл 19 -20- февраль күнлери «Хызмет көрсетиў тараўын инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында раўажландырыў мәселелери» темасындағы халық аралық илимий-әмелий конференция өткерилиўин хабар беремиз.

 Конференцияда көрилетуғын мәселелер:

  1. Инновациялық ҳәм санлы экономиканың теориялық ҳәм методологиялық мәселелери ҳәм оларды шешиўдиң стратегиялық бағдарлары.
  2. Инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында халық бәнтлиги, пәраўанлығы, жасаў сапасы ҳәм турмыс дәрежесин асырыў мәселелери.
  3. Инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында туризм тараўы нәтийжелилигин асырыў механизмлери, раўажландырыў тенденциялары ҳәм келешеги.
  4. Хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин асырыўда менежмент ҳәм маркетингти инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында жетилистириў мәселелери.
  5. Хызмет көрсетиў тараўы нәтийжелилигин асырыўда инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында инвестициялардың орны ҳәм финанслық мунәсибетлерди жетилистириў мәселелери.
  6. Инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында хызмет көрсетиў тараўы нәтийжелилигин асырыўда бухгалтерия есабы, экономикалық анализ, аудит ҳәм статистика пәнлерин жетилистириў мәселелери.
  7. Хызмет көрсетиў саласының инновациялық ҳәм санлы экономика шараятында нәтийжелилигин асырыўда бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўды жетилистириў мәселелери.

 Конференция: өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде.

 Конференцияда профессор-оқытыўшылар, таянш докторантлар, еркин излениўшилер, изертлеўшилер, магистрлер, студентлер ҳәм тараўдың қәнигелери қатнасыўлары мүмкин.

 Мақалалар 2021жыл 30январьға шекем қабыл етиледи.

Байланыс ушын телефонлар: +99866 2331788;    +90 2513168;     +97 9137440.

E-mail: iqtisodiyotmaktabi@mail.ru  Телеграмда: +97 9137440 Ҳилола Очилова

 

Пайдалы дереклер