Мойнақ районында болып ѳткен «Нафосат – 2021» фестивалына университетимизден бир қатар қәбилетли қызлар қатнасып, ѳзлериниң ѳнерлерин кѳрсетти. Атап айтқанда өнерментлер көргизбесинде университеттиң Санаат технологиясы факультети 3-курс студенти Гөззал Жалгасова, Биология факультети 3-курс студенти Гульбану Хожановалар белсене қатнасты.
«-Мен «Нафосат-2021» фестивалында өзимниң кестешилик дөретпелерим менен қатнасып қайттым. Ол жерде ислеген жумысларымды бир қатар мийманларға таныстырдым. Парламент жоқары палатасы баслығы Т.Норбоева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов ҳәм Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутатлары менен болған сәўбет менде үлкен тәсир қалдырды. Әсиресе, Т.Норбоеваның мениң дөретпелериме қызығыўшылығы, оның дөретиўшилигимди еле де раўажландырыў ушын берген көрсетпелери мени еле де излениўге, жаңадан-жаңа жумысларды ислеўге ийтермеледи», – дейди илаж қатнасыўшысы Г.Жалгасова.
Бул фестивальда республикамызға белгили дизайнерлер, сондай-ақ, Ташкент қаласы, Бухара ўәлаяты, Әндижан ҳәм Хорезм ўәлаятларының дизайнерлери өз коллекциялары менен қатнасты. Олардың ишинде университетимиздиң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы факультети студенти Дилназ Адильчаеваның «Сәўкеле» атлы коллекциясы басқалардан өзгеше болып ажыралып турды.
Илаж даўамында өзлериниң дөретиўшилик жумыслары менен белсене қатнасқан Санаат технологиясы факультети студенти Г.Жалгасова, Қарақалпақ тили ҳәм журналистикасы факультети студенти Д.Адильчаева ҳәм Биология факультети студенти Г.Хожановалар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қ.Сариев тәрепинен МИННЕТДАРШЫЛЫҚ ХАТЫ менен сыйлықланды.
Артықбаева Бахтыбийке
Санаат технологиясы факультети Ҳаял-қызлар Кеңеси баслығы.

