Усы жылдың 26-январь күни «Министр ҳәм жаслар» жойбары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Тошқулов мәмлекетимиздеги барлық Жоқары оқыў орынларында билим алып атырған белсенди студентлер менен ушырасты. Ушырасыў ZOOM программасы арқалы аралықтан турып шөлкемлестирилди. Ушырасыўдан мақсет – студент жаслардың билимлендириў тараўында жүз берип атырған машқалаларын үйрениў, олардың пикир ҳәм усынысларын тыңлаў болып есапланады.
Ушырасыўды министр А.Тошқулов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм ушырасыўдың мақсетин түсиндирип өтти. Күн тәртибиндеги мәселе ҳәм алдағы режелер менен таныстырды. Ушырасыў барысында министр төмендеги усынысларын билдирип өтти:
– «Министрге усыныслар бот»ын шөлкемлестириў;
– Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң логотипин ислеп шығыў бойынша таңлаў шөлкемлестириў;
– edu.uz телеграмм каналының ағзалар санын көбейтиў;
– Ахборот ресурс орайының искерлигин раўажландырыў;
– Республикамыздағы атақлы стипендия жеңимпазларын даўыс бериў жолы менен анықлаў;
– Стипендия түрлерин көбейтиў (ректор стипендиясы, ҳәким, жумыс бериўши стипендиясы грантларын шөлкемлестириў);
Ушырасыў даўамында студентлер тәрепинен билдирилген бир қанша машқала, пикир ҳәм усыныслар тыңланды. Карақалпақ мәмлекетлик университети студентлеринен География ҳәм тәбийий ресурслар факультети студенти А.Рахимбаев ҳәм Юридика факультети студенти З.Равшановлар өз усынысларын билдирди. Ушырасыў соңында билдирилген пикир ҳәм усыныслар есапқа алынып, машқалалар унамлы шешимин таўып, алдағы жумысларда бирге ислесиўге келисип алынды.

Гоззал Жалгасова
Санаат технологиясы факультети студенти