Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2021-жылдың 1-февраль сәнесинен 1-март сәнесине шекем «Жаслар арасында нәшебентлик затлардың тарқалыўына қарсы гүресиў» атамасында профилактика айлығы шеңберинде ушырасыў болып ѳтти.
Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар менен ислесиӯ бойынша проректор С.Алауатдинов ашты ҳәм алып барды.
Ол ѳз сѳзинде университетимизде жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған илажлар, республикамыз аймағында ҳәр жылы февраль айында өткерилетуғын профилактика нәтийжелери ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Соң Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят қыдырыӯ бас басқармасы бөлим баслығы А.Матлюбов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят қыдырыӯ басқармасы хызметкери А.Ниетуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Наркология диспансери шыпакери Б.Қайпназаров, Нөкис Имам Ишан Мухаммед Жоме мешити имам орынбасары Қ.Турдымуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы АИЖС басқармасы шыпакери А.Жәнибековалар сөзге шығып, жаслар арасында нәшебентликтиң алдын алыў ҳам оған қарсы гүресиў ҳәм де АИЖС кесселлигиниң аўыр ақыбетлери бойынша жүргизилип атырған үгит-нәсият ислерине тоқтап өтти. Сондай-ақ, айрым жасларымыздың наркотик затлар менен байланыслы жынаятларды ислеўи ҳәм нәшебентлик жолына кирип баратырғанлығы ҳакқында тоқтап ѳтип, жоқарыда келтирип өтилген унамсыз иллетлерге қарсы бәрше жаслар менен биргеликте гүресиў кереклиги айтып өтилди.
Ушырасыў жуўмағында студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.
Илаж соңында жыйналғанларға «Өзин жойтқанлар ҳәм биз спидке қарсымыз» видео ролиги қойып берилди.