Китапқумарлар клубы жетекшилери басламасы менен Архитектура факультетинде «Китапқумар зәкаўаты» интеллектуал ойыны болып өтти. Таңлаўға оннан артық команда белсене қатнасты.
Таңлаўды өткериўдеги мақсетимиз жаслардың бос ўақтын бийкарға жибермеў, олардың ойлаў интеллектин және де асырыў ҳәм китапқумарлар санын көбейтиў болып табылады.

Айнура Оразбаева
«Китапқумарлар» клубы жетекшиси.
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултети 2-курс студенти.