“Ең үлкен байлық-бул ақыл-парасат ҳәм илим, ең үлкен мийрас-бул жақсы тәрбия, ең үлкен жарлылық-бул билимсизлик” деген қанатлы қатарлар жаслар тәрбиясы ушын әҳмийети жоқары болған баҳалы пикир.
Бүгинги студент жасларымызға ең үлкен байлық пенен ең үлкен мийрасты инам етиўдей уллы мақсет жолында умтылып атырған бул оқыў дәргайында жақсы басламалар жолға қойылған. Буның бир мысалы, университетте студент жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылған.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ студентлери Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында болып, өзбек әдебиятыныӊ ири тулғаларыныӊ бири А.Қодирийдиӊ «Меҳробдан шаён» романы тийкарында жазылған усы атамадағы спектаклди тамашалады.
Демек, студент жасларымыздың бос ўақтын мазмунлы ѳткериў арқалы жақсы тәрбия менен ең үлкен байлыққа ерисе алатуғынымызды турмыстың ѳзи дәлиллеп бермекте.
