«Бақсылар лапызы» таңлаўында университетимиздиң студентлери белсене қатнасты

 

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери бүгин үлкен сахналарда ѳзлериниң талантын кѳрсетпекте, бул жасларымызға қаратылған имканияттың бир кѳриниси.

5-6-февраль күни республикамыздағы Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Республикасы филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң хәм «Бақсылар лапызы» таңлаўының жеңимпазларының жанлы концерт бағдарламасы болып өтти.

         «Бақсылар лапызы» таңлаўында университетимиздиң Көркем-өнер факультети студентлери Камалбай Әлимбаев, Гүлайым Өтешова, Ҳүрлиман Ниетбаева, Насиба Базарбаева хәм Әлимбаев Аллабергенлер қатнасты.

Таңлаў соңында Камалбай Әлимбаев хәм Гүлайым Өтешовалар 2-орын, Әлимбаев Аллаберген «Ең жақсы дәстан атқарыўшы», Насиба Базарбаева ҳәм Ҳүрлиман Ниетбаевалар белсене қатнасып, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

 Өтешова Гүлайым,

 Көркем-өнер факультетиниң вокал өнери бөлими 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер