Shawn Singh инглис тилинен сабақ бериў мақсетинде университетке келди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде АҚШлы қәниге Shawn Singh пенен ушырасыў болып ѳтти. Ушырасыўды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Университет ректоры ѳз сѳзинде Ѳзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатлары ортасындағы инглис тилин оқытыў бойынша бирге ислесиўлерин жоқары баҳалады. Мийманларға университетте инглис тилин үйрениў барысы бойынша мағлыўматлар берип ѳтти.

Ѳз гезегинде АҚШлы қәниге Shawn Singh сѳзге шығып, студентлердиң инглис тили бағдарындағы билимин жетилистириў бойынша жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.

Мағлыўмат ушын айтып ѳтетуғын болсақ, Ѳзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң 2020-жыл, 31-декабрьдеги 20/46165-санлы хаты ҳәм Америка Қурама Штатлары Ташкенттеги елшиханасының  мағлыўматында кѳрсетилиўинше АҚШ Мәмлекетлик департаменти тәрепинен Ѳзбекстанда инглис тилин оқытыў системасын жетилистириўге кѳмеклесиў бойынша “Fullbright English Teaching Assistant” жойбарын әмелге асырыў ҳаққындағы қарары қабыл етилгени атап ѳтиледи.

“Fullbright English Teaching Assistant” жойбарын әмелге асырыў мүддети 2021-жылдың 17-январынан 2021-жылдың 31-декабрине шекем даўам етип, усы жойбар шеңберинде АҚШтың қәнигелери инглис тилинен сабақ бериў мақсетинде Ѳзбекстандағы бир қатар жоқары оқыў орынларында болады. Усы мақсетте Қарақалпақ мәмлекетлик университетине Ш. Сингх келип, усы болып ѳткен ушырасыўдан соң дәслепки жумысларын баслап жиберди.

 

 

 

Пайдалы дереклер