Тарийх факультети оқытыўшылары Шымбай районы мектеплеринде

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл, 30-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жылы 8-февраль күни Шымбай районы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Тарийх факультети деканы, доцент С.Сулайманов, социаллық пәнлер кафедрасы баслығы, профессор А.Бердимуратова, археология кафедрасы үлкен оқытыўшысы Ф.Утепбергенов, социаллық пәнлер кафедрасы ассистент оқытыўшысы Ж.Бийимбетов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы ассистент оқытыўшысы М.Султаниязов үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ 2020-жыл, 6-ноябрьдеги ПП-6108-санлы «Өзбекстанныӊ жаӊа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим пән тараўларын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы, 2020-жыл, 6-ноябрьдеги ПҚ-4884-санлы «Тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарларды улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилерине кеӊнен түсиндириў жумыслары алып барылды.

 

 

Пайдалы дереклер