Ѳзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Жоқары оқыў орынлары студентлери арасында ѳткерилген «Жыл студенти-2020» республикалық таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими бүгин Самарқанд ўәлаятында болып ѳтти.
«Жыл студенти-2020» республикалық таңлаў жеңимпазлары қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери де бар. Жеңимпазларды үлкен табыслары менен қутлықлаймыз!

