Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, Бас инженери Ю.Ерназаров, автомобиль жоллары эксплуатациясы бөлими баслығы Р.Ибрагимов, Архитектура факультети деканы Б.Кидирбаев, қала қурылыс ҳәм хожалығы кафедрасы баслығы А.Ильясов ҳәм автомобиль жоллары ҳәм аэродромлар бағдары питкериўши студент жаслары қатнасты.
Ушырасыў барысында қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасына талабанларды жумысқа қабыл етиўде ашықлық, әдиллик, жол қурылысы тараўына ғайратлы, билимли, жаӊалықларға қызығыўшы жасларды тартыў бас мақсет екенлигин айтып ѳтти. Кадрлар менен ислесиў тараўында басқарма системасына ҳадал, искер, мийнеткеш, билимли талабанларды жумысқа қабыл етиўде жоқары тәжирийбели ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе қәнигелерди излеў, таӊлаў болып есапланады.
Ушырасыў даўамында басқарма системасында жумысшылар ушын жаратылған бүгинги күндеги имканиятлар, басқармада ис алып барыў, мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыў ҳәмде ашықлық ҳәм әдиллик жолында әмелге асырылатуғын жумыслар менен студент жаслар таныстырылды.
Питкериўшилер менен ушырасыўдан мақсет питкериўшилерди жумыс пенен тәмийнлеў ҳәм ҳәр бир районға көпир қурылысы бойынша бир көпирши усталарын системаға белсене түрде енгизиў, бул дегени 16 жумыс орны менен тәмийнлейтуғынын айтып өтти. Жол тараўы бойынша жоқары потенциалға ийе болған кадрларды таӊлаў ҳәмде басқарма системасында жетерли дәрежеде кадрлардыӊ аўысық қурамын қәлиплестириўден ибарат екенлиги айтылды.
Буннан тысқары 2021- жыл, 11- январдағы ПҚ-4940-санлы қарарында көрсетилген алыс жерлерде жайласқан аймақларға барып ислеў, жасларды хошаметлеў ҳаққында түсиниклер берип өтилди.
