«БИЗ САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИН ТАҢЛАЙМЫЗ!» АКЦИЯСЫ!

XXI-әсир, 2021-жыл, 21-февраль сәнесинде

«Биз саламат турмыс тәризин таңлаймыз!» ураны астында 5000 адым жүриў АКЦИЯСЫ!

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл, 30-октябрь күни “Саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты еле де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6099-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери арасында XXI әсир 2021-жыл 21-февраль күни «Биз саламат турмыс тәризин таңлаймыз!» ураны астында 5000 адым жүриў акциясы болып өтеди.

 

ШѲЛКЕМЛЕСТИРИЎШИЛЕР:

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультети, “Факультетлер аралық дене мәденияты ҳәм спорт” кафедрасы профессор-оқытыўшылары.

 

Старт: саат-10.00, Экономика факультети алдында 5000 метрге жүриў

финиш ҚМУ бас имараты.

Пайдалы дереклер