Самарқанд ўәлаятының «Жаслар орайы»нда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен өткерилген «Жыл студенти-2020» таңлаўының Республикалық басқышы жеңимпазлары сыйлықланды. Олар арасында университетимиздиң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 3-басқыш студенти Адилбек Латипов та бар.
Жети мыңнан аслам студентлер ишинде «Ең белсенди дөретиўши студент» атанған Адилбек Латипов бир неше халықаралық, Республика таңлаўлары жеңимпазы, жигирмаға жақын илимий мийнетлердиң авторы. Оның қәлеминен дөреген шығармалар газета-журналларда жарық көрмекте.
– «Жыл студенти-2020» таңлаўында лауреат болғанымнан қуўанаман. Таңлаўда 21 студент жеңимпаз болып, 14 студент лаурият атанды. Бундай нәтийжеге ерисиўимде факультет ҳәм университет жәмәәти себепши деп есаплайман. Себеби, оқыў дәргайымда студентлерге дөретиўшилик ушын кең майдан жаратылған. Барлық устазларыма рахмет айтаман,- дейди А.Латипов.
«Жыл студенти» жеңимпазларына пул сыйлығы, диплом, плакеткалар тапсырылды.