Усы жылдың 17- февраль күни Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме- китапхана орайында Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов туўылғанының 70 жыллығы мүнәсибети менен «Көп қырлы талант ийеси» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.
Әдебий кешеге Қарақалпақстан халык жазыўшысы М. Нызанов Республикалық китапхана директоры И.Шарапова, Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети “Китапқумарлар клубы” басшысы Р. Қалмурзаева ҳәм клуб ағзалары қатнасты.
Кеше даўамында студент жаслар жазыўшының өмири хәм дөретиўшилиги ҳаққында бир қанша мағлыўматлар алды.
Бундай ушырасыў кешелери жаслардың санасында әдебиятқа, дөретиўшиликке деген талапшаңлықты асырыў ҳәм де қарақалпак әдебиятын терең үйрениўге деген қызығыўшылықты оятыў және де жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў болып табылады.
Танбай Сарсенбаев,
«Китапқумарлар клубы» жетекшиси
Тарийх факультети, 2- А Археология бағдары студенти.