«Түскинликтиң  алдын  алыў ҳәм жасларды позитив өмирге бағдарлаў» атамасында сәўбетлесиў кешеси

Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх факультетиниң биринши басқыш студентлери менен  университет Ҳаял-қызлар Кеңеси баслығы И.Сейтназарова ҳәм  университет психологы Г.Реймбаева тәрепинен, «Түскинликтиң  алдын  алыў ҳәм жасларды позитив өмирге бағдарлаў» атамасындағы  сәўбетлесиў кешеси ҳәмде ушырасыў даўамында психологиялық тренинг өткерилди. Бунда итибар шаңарақта миллий қәдириятлардың тутқан орнына, менталитетимизге сай тәризде өз-ара қатнасықларды жолға қойыў усылларына, академик топардағы студент  жаслардың мүнәсибетлерди  дурыс жолға қойыўы ҳәм келиспеўшилик жағдайларының алдын алыўға қаратылды. Ушырасыў ҳәмде тренинг оғада мазмунлы, көтериңки  руўхта өтти.

Ҳаял-қызлар Кеңесиниң тарийх

 факультетиндеги ағзасы:                                   Н.Заретдинова

 

 

 

Пайдалы дереклер