«Жаслықта алынған билим тасқа ойылған нағыс» сыяқлы деп бийкарға айтылмаған, себеби бүгингидей табысларды қолға киргизген студентимиз жас ӯақтынан баслап-ақ, излениӯден ҳәм үйрениӯден шаршамайтуғун жасларымыздың бири.
Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллерифакультетиниң 2-басқыш студенти Жаксулыкова Дилназа ҳаққында сѳз етер екенбиз, ол ҳәр бир күнди жаңа жетискенликке ерисиӯ жолы деп есаплайтуғын, бул жолда болса тек ғана аянбай мийнет етиӯ, излениӯден тоқтамаӯ кереклигин жақсы сезинеди. Мәмлекетимиз ғәрезсизлигинен кейин жасларымыздың терең билим алыӯы ушың кең имканиятлар есиги ашылды. Бул имканиятлар дәӯиринде Дилназа ҳәр бир минуттан үнемли пайдаланған ҳалда барлық пәнлерден жоқары баҳаларға оқып, ол соның менен бирге, жәмийетлик жумысларда да, сондай- ақ, илимий изленислер алып барыӯды да шетте қалдырып қоймастан оларғада теңдей үлгермекте. Оның илимий жумыслары тийкарынан Киев мәмлекетинде өткизилген илимий-әмелий журналларда жарық көрмекте. Соның менен бирге Дилназа Республика көлеминде өткизилген таңлаӯларда белсенди қатнасып «Сертификат»лар менен сыйлықланбақта.
Жаксулыкова Дилназа Факультетиниң «Int-trans world» кулубы ағзасы. Оның илимий мақалалары газета-журналларда басылып шықпақта, сондай-ақ, илимий конференциялардың жеңимпазы. Оның аӯдарма жумыслары «Билим» баспасында басылып шыққан ҳәмде ол «English club» кубының ағзасы. Сондай-ақ, ҳәр жылғы университет көлеминде өткерилетуғун «Interprators and translators World» концерт дәстүрине бағышлап өткерилген таңлаӯда «The best translator» номинациясы жеңимпазы.
Оның усындай изленислери ҳәм илим үйрениӯге деген қызығыӯшылығы нәтийжесинде ол усы 2020-2021 жыллар ушын Бердақ стипендиясы жеңимпазы болды. Бул сыйлық Дилнозаға устазларының исенимлери менен үлкен жуӯапкершиликлерди жүкледи. Соның ушында ол енди тоқтамай ҳәрекет етип, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиӯди мақсет етип қойды. Бул табыслар Дилнозаның еле де изленип устазларының ҳәм ата-анасының исенимлерин ақлайды деп, ендиги илимий жумысларында да үлкен нәтийжелерге ерисиӯин тилеп қаламыз.