Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл, 30-октябрь күни “Саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты еле де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6099-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери арасында XXI әсир 2021-жыл 21-февраль күни «Биз саламат турмыс тәризин таңлаймыз!» ураны астында 5000 адым жүриў акциясы болып өтти.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультети, “Факультетлер аралық дене мәденияты ҳәм спорт” кафедрасы профессор-оқытыўшылары шөлкемлестирген «Биз саламат турмыс тәризин таңлаймыз!» ураны астында 5000 адым жүриў акциясына Экономика факультети имараты алдында старт берилди.
Акцияға университет ректоры А. Реймов, Жаслар менен бирге ислесиў бойынша проректор С. Алауатдинов ҳәмде университет профессор-оқытыўшылары менен биргеликте студент жасларда қатнасты. Экономика факультети имараты алдында старт берилген акция Қарақалпақ мәмлекетлик университети бас имараты алдында финиш пенен жуўмақланды.
Акция жуўмағынан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университети бас имараты алдында Дене мәденияты факультети оқытыўшылары басшылығында акция қатнасыўшыларына «денени шынықтырыў» шынығыўлары әмелге асырылды. Сондай-ақ, университет спорт майданшаларында түрли спорт ойынлары ҳәм эстафеталар шѳлкемлестирилди.



– Ш.М.Мирзиёевтың “Саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты еле де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында «Биз саламат турмыс тәризин таңлаймыз!» ураны астында 5000 адым жүриў акциясын шѳлкемлесмтирдик, бўннан кѳзленген мақсет халықтың денсаўлығын беккемлеў, спортқа болған интаны оятыў ҳәм студент жаслар арасында саламат турмыс тәризин жаратыў болып табылады. – дейди Дене мәденияты факультети, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Нурлан Джанқоджаев.
Нурсултан Темирханов
ҚМУ студенти