ЖАСЛАР ЖҮРЕГИНДЕГИ МЕҲИР ҲӘММЕ НӘРСЕДЕН ҮСТИН

Жасларымызды меҳир-мүриўбетли етип тәрбиялаў арқалы үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет деген түсиникти қәлиплестиремиз. Олар бүгин усындай инсаныйлық сабаклардан тәрбия алса, келешекте сыйласық деген уллы сезимди ҳәмме нәрседен де жоқары қоятуғын ҳақыйқый ел перзентлери болады. 

Санаат технологиясы факультети студент жаслары тәрепинен «Сен жалғыз емессең» ураны астында усы жылдың 21-февраль күни Хожели қаласында жайласқан «Мехрибанлық үйи» тәрбияланыўшы балалары ҳал-жағдайынан хабар алыў мақсетинде ис илажлар шөлкемлестирилди.  Студент жасларды «Мехрибанлық үйи» директоры С.М.Сон жыллы жүз бенен күтип алды.

«Мехрибанлық үйи» директоры С.М.Сон студент жасларды тәрбияланыўшы балалар ҳәм тәрбияшылар менен таныстырып ѳтип, соң ушырасыў кешесин ашып берди. Буннан соӊ студент жаслар «Мехрибанлық үйи» жәмәәтине университет ҳаққында мағлыўматлар берип, факультет жәмәәти атынан таярланған саўғалар тапсырылды.

Иләж соңында «Мехрибанлық үйи» директоры С.М.Сон факультетимиз профессор оқытыӯшылары ҳәм студент жасларына өз миннетдаршылығын билдирип қалды. Иләж «Мехрибанлық үйи» тәрбияланыўшы балалар тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламалары менен даӯам етти.

Санаат технологиясы факультети 2-курс студенти Караматдинов Азизбек.

 

Пайдалы дереклер