Математика факультети студентлери әмелиятта

          Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика факультетиниң кәсиплик тәлим: информатика ҳәм информациялық технологиялары қәнигелигиниң  4-курс студентлери январь айынан баслап педагогикалық әмелиятта болып келмекте. Мектеп оқыўшылары арасында жаслардың  мәнәўиятын асырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген 5 әҳмийетли басламаның «Жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен үнемли пайдаланыўды шөлкемлестириў»  билим дәрежесин ҳәм интеллектуалығын асырыў мақсетинде, студентлеримиз өзлери әмелиятта болып атырған Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқытыўшылары жәрдеми менен 17-февраль күни усы мектептиң     5-7-класс оқыўшылары арасында өткерилген «Мен компьютерда жаңа қала қураман» темасында компьютерде сүўрет салыў бойынша жарысы шөлкемлестирилди.

         Февраль айы «Математика ҳәм информатика пән айлығы» атамасында болғанлығы себепли, жарыс информатикаға байланыслы қызықлы тапсырмалар ҳәм сораўлар тийкарында өткерилди. Оқыўшылардың компьютерде сүўрет салыў қәбилетин раўажландырыў мақсетинде, олардың билимлери сынақтан өткерилди. Жарыс нәтийжесине көре берилген тапсырмаларды дурыс орынлаған оқыўшылар мектеп жәмәәти тәрепинен мақтаў жарлығы менен сыйлықланды. Жарыс жуўмағында мектеп директоры Д. Тасбаева сөзге шықты ҳәм жарыс ҳаққында өзиниң жақсы пикирлерин билдирди. Математика ҳәм информатика метод бирлеспе баслығы Л. Тлеўмуратова сөзге шығып, усы 5-7-класс оқыўшыларының  информатика ҳәм информациялық технологиялары  пән муғаллими  Г. Алланиязоваға жарысты шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем бергени ушын өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм алдымызда  8-11-класс оқыўшылары арасында «Мен интернеттен дурыс пайдаланаман» темасында компьютерде электрон почта жаратыў бойынша жарысты өткериў  режелестирилмекте.

Бул бизиң студентлеримиздиң изленислерин кѳрсетип береди.

 

Пайдалы дереклер