Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәденият сарайында Қурылыс ҳәм Экономика факультетлери студент-жаслары менен «Экстремизм ҳәм терроризм-жаслар келешегине қәўип» атамасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов ашды ҳәм басқарып барды.
Өткерилген ушырасыўда Нөкис “Муҳаммад ибн Аҳмад аль-Беруний” атындағы Ислам билим журты оқытыўшысы А.Якупов, ҚР ИИМ Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасынан майор Н.Төрешов ҳәм капитан Ж.Куламетов, Республикалық руўхый ҳәм неврологиялық диспансери психиатр шыпакери М.Нағметовалар өз баянатлары менен қатнасды. Студент-жаслар өзлериниӊ қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.

Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары С.Нурниязов