Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илим изертлеўшилер менен болып ѳткен ушырасыўда әҳмийетли мәселелер әтирапында сѳз етилди.
Университет ректоры А.Реймов кирис сѳзге шығып, Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатнамасында атап ѳтилген ўазыйпалардан келип шығып, Жоқары оқыў орынларында алып барылып атырған илим изертлеў бағдарындағы үлкен ѳзгерислерге тоқтап ѳтти.
Ушырасыўға Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация комиссиясы баслығы А.Т.Юсупов қатнасып, бүгинги күнде мәмлекетимизде илим изертлеўшилер ушын жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден пайдаланыў имканиятлары ҳаққындағы пикирлери менен бѳлисти.

Сораў-жуўап усылында ѳткерилген ушырасыўда илим изертлеўшилердиң машқала ҳәм усыныслары тыңланды. Олар ѳзлерин ойландырып жүрген сораўларына шешим тапты.
-Илим изертлеўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, оларға анық мәсләҳәтлер берилди. Нәтийжеде илимий жумыслардың сапасын еле де жақсылаўда излениўшилеримиз нелерге итибар қаратыўы кереклигин сезинди, деп атап ѳтти университеттиң илимий ислер бойынша проректоры И.Турдымамбетов.
