«ЕҢ ҮЛКЕН БАЙЛЫҚ- БУЛ АҚЫЛ-ПАРАСАТ ҲӘМ ИЛИМ, ЕҢ ҮЛКЕН МИЙРАС- БУЛ ЖАҚСЫ ТӘРБИЯ»

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен студент қызлар ҳәм олардың аналары менен ушырасыў болып ѳтти.

Ҳаял-қызларды улығлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды десек, бул турмыс шынлығы ҳәр қәдемде ѳзиниң тастыйығын таўып атыр.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында зийрек студент қызлардың аналарына миннетдаршылық билдириў ҳәм оларды байрам менен қутлықлаў жақсы дәстүрге айланған болып, быйылғы “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда да әмелге асырылды.

Перзент камалын кѳрип қуўанған аналардың жүзиндеги қуўанышларынан пүткил дүнья шадлығы университеттиң мәденият сарайында  жәмленгендей еди.

Байрам салтанатын университет ректоры Ахмед Реймов ашып берди.

-Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен қызларымыздың сапалы билим алыўы, кәсип ийелеп, жумыслы болыўы ушын үлкен имканиятлар жаратылып атырғанлығын атап ѳтиўимиз орынлы. Келешегимиздиң бахыт-ығбалы болған қызларымызды ең гѳззал пазыйлетлер-билим хәм әдеп-икрамлылық ийелери етип тәрбиялаўда бизиң университетимиз жәмәәти де ѳзиниң салмақлы үлесин қосып атыр, -деп атап ѳтти университет ректоры.

-Университетте жигирма мыңнан аслам студентлер бар болса, соның сегиз ярым мыңнан асламын қызларымыз қурайды. Бундай табысларға ерискен студент қызлардың саны ҳәр жылы жоқарылап бармақта. Ҳәр жылы 8-март байрамы қарсаңында белсенди студент қызлардың ата-аналары менен ушырасып, оларға миннетдаршылық билдириў университетимизде жақсы дәстүрге айланған. Бул баслама университетимиз ректоры А.Реймовтың тиккелей басламасы менен жолға қойылды.

 Анасына «Миннетдаршылық хаты»н алып бериўге ҳәўес етип, ѳзлериниң умтылысларын кѳрсетип атырған қызларымыз оғада кѳп. Бул жақсы баслама ҳәр бир ана ушын шексиз қуўаныш екенлигин аналық қәлбим менен сезинемен,-деди университеттиң Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы И.Сейтназарова.

-Мен ѳзимниң бахытлы ана екенлигимди және бир мәрте терең сезиндим. Перзентиңниң оқыўдағы, илимдеги, жәмийетлик жумыслардағы жетискенлиги менен әдепли минез-қулқын айтып «Миннетдаршылық хат» жолласа, қуўаныштан толып-тасасаң. Бул ушын университет ректорына миннетдармыз,- дейди «Универсиада -2020» жарысында баскетбол бойынша 1-орын жеңимпазы болған Дилбар Кназбаеваның анасы Гулара Ешмуратова қызының табысларынан кеўли толып.

Салтанатлы байрам кешесинде университетте болып ѳткен «Дәўир қызлары» таңлаўының жеңимпазларына Диплом сыйлықлары тапсырылды.

«Ең үлкен байлық-бул ақыл-парасат ҳәм илим, ең үлкен мийрас-бул жақсы тәрбия» деген мәнили сѳздиң әҳмийетин университтетте оқып атырған студент жасларымыз терең аңлайды десек, олардың ата-аналарына билдирилген миннетдаршылықлар тереңирек тастыйықлап берди.

                                                                                                                                                                                                                            ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер