«СЕН ҲӘМИЙШЕ МУҚАДДЕССЕҢ, МУҚАДДЕС ҲАЯЛ!»

 Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында 8-март Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамына арналып «Сен ҳәмийше муқаддессең, муқаддес ҳаял» атамасында байрам илажы болып ѳтти.

Байрам салтанатында университет ректоры А.Реймов қутлықлаў сѳзге шығып, ҳаял-қызларды гѳззаллық байрамы 8-март пенен қызғын қутлықлады.

Келешегимиздиң бахыт-ығбалы болған қызларымызды ең гѳззал пазыйлетлер-билим хәм әдеп-икрамлылық ийелери етип тәрбиялаўда бизиң университетимиз жәмәәти де ѳзиниң салмақлы үлесин қосып атыр.

Ѳткен жылы қарақалпақ мәмлекетлик университетине 48 социаллық қорғаўға мүтәж қызлар (соннан тѳртеўи жетим, 39 майыплығы болған, бесеўи кѳзи әззи) мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Мәмлекетимиз тәрепинен бундай қоллап-қуўатлаўлардың негизинде қызларымыздың нурлы келешегине исенимли тийкар жаратылмақта десек орынлы, -деп атап ѳтти университет ректоры.

Буннан соң университет «Нуранийлер кеңеси»ниң баслығы Б.Абдикамалов сѳзге шығып, Ана уллылығының күш-қүдиретине, бүгинги ҳаял-қызларымыз ушын жаратылып атырған мүмкиншиликлерге тоқтап ѳтти.

 Салтанатлы байрамда университетте ислеп, ҳәзирги ўакытта ҳүрметли дем алыстағы нураний устазларға байрам саўғалары тапсырылды.

Университетимизде 700 ден аслам профессор – оқытыўшылар  ислейтуғын болса, солардың басым көпшилигин ҳаял-қызлар қурайды. Ал, 300 ге шамалас ҳаял-қызларымыз болса, университетимиздиң хожалық ҳәм басқа жумысларында өзлериниң белсендилигин көрсетип киятыр. Олардың бәри де, өзлериниң билими ҳәм уқыбы, ибратлы ислери менен  көзге тасланып киятыр. Байрам мүнәсибети менен билимлендириў тараўында кѳп жыллық жемисли мийнети ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы салмақлы мийнетлери ушын бир қатар университетимиз ҳаял-қызларына «Ҳүрмет жарлық» ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Университетимиздиң зийрек студент қызлары қатарында Нѳкис қаласында жайласқан Жоқары оқыў орынлары студентлериниң арасында математика пәнинен  пән олимпиадасы жеңимпазлары болған студент қызларға   «Мақтаў жарлығы» ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.

Аналарымызды ақыл-парасат, меҳрийбан, қызларымызды гѳззаллық ҳәм ийбелилик тымсалы деп улығлаған «Сен ҳәмийше муқаддессең, муқаддес ҳаял» атамасындағы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

                                                                                                                                 ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер