Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультети студентлери басламасы менен «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары ушын «Меҳир қолларын созайық» атлы қәўендерлик концерти шөлкемлестирилди.
Университеттиң мәденият сарайында ѳткерилген бул илажды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А. Реймов ашып берди.
Балаларымыздың кеўлин шад етиў ең үлкен адамгершиликтиң биринен саналады. Оларға меҳир-итибар кѳрсетиў арқалы бизиң кѳз алдымызда бахытлы балалар дүньясының есиги ашылады.
Университетте болып ѳткен «Меҳир қолларын созайық» атлы қәўендерлик концертинде бахытлы балалықтың демлери жаңлады. Байрам саўғалары олардың қуўанышын және де байытты.
-Бундай ибратлы ислерди даўам еттириўге ҳәр қашан таярмыз,- дейди студент жасларымыз.



Нурлан Джанходжаев
Дене мәденияты факультетиниң декан орынбасары.