СЫЙ-ҲҮРМЕТ ҚОРШАЎЫНДА ЖАСАЎ БАХТЫ

Ҳүрмет-иззет инсаныйлықтың ең бәлент шоққысы болса, бизиң елимизде ҳаял-қызларымыз басқаларға мақтаныш тутса арзыйтуғын сый-ҳүрметтиң қоршаўында жасап атырғанлығы менен бахытлы. Бул дәлиллеў талап етпейтуғын турмыс шынлығы.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен елимизде қызларымыздың сапалы билим алыўы, кәсип ийелеўи ушын кең имканиятлар жаратылған. Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен бундай қоллап-қуўатлаўлар саны артып, кең пейил халқымыздың үлги алса арзыйтуғын ислери ҳәр қәдемде ѳз кѳринисин берди.

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде байрам қарсаңында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлап, оларға меҳир ҳәм итибар менен хүрмет-иззет кѳрсетиўдей илажлар кѳплеп даўам етти. Университет ректоры А.Реймовтың басламасы менен университетте оқып билим алып атырған социаллық қорғаўға мүтәж қызларға байрам саўғасы ретинде ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Бүгинги күнде ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралып келмекте. Сонлықтанда университетимизде усы бағдарда жақсы басламалар жолға қойылған.

Илим деп умтылған жас нәўше қызларымыз университет ректораты тәрепинен берилген саўғаларды үлкен миннетдаршылық пенен қабыл алар екен, ҳаял-қызлары улығланған ана Ўатанына шексиз миннетдар болды.

                                                                                                                                ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер