ЖАҢА ѲЗБЕКСТАННЫҢ ЖАҢАЛАНҒАН КЕЛБЕТИ РЕҢЛЕРДЕ ЖИЛЎАЛАНДЫ

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери арасында бес баслама шеңберинде «Еркин жас әўладлар, саған зор қанат!» ураны астында шѳлкемлестирилип атырған фестивалдың дәслепки басқышлары басланды.

Фестивалдың  биринши бағдары «Ең жақсы фотосүўретлер» кѳргизбеси таңлаўы болып, тийкарғы мақсети студент жасларымыз санасына Ўатан туйғысын сиңдириў мақсетинде Ўатанымыз тарийхы ҳәм мәдениятын сәўлелендириўши еркин темадағы дѳретиўшилик мийнетлер кѳргизбеси шѳлкемлестирилди.

Екинши бағдар «Мен сызған сүўрет»  деп аталып, қәбилетли студентлер ѳзлери сызған сүўретлери менен кейинги басқышта қатнасады.

Талантлы студент жасларымыз қолына услаған фото объективкасы арқалы Жаңа Ѳзбекстанның жаңаланған келбетин түрли реңлерде жилўаландырған. Олар тәрепинен алынған фото сүўретлерде пайтахтымыз Нѳкистиң жаңа келбети, гѳззал Ѳзбекстанымыздың шырай ашып атырған жамалы мѳрленген. Олардың ҳәр бириниң дѳретиўшилик мийнети жоқары баҳаға ылайық.  

Жаңа Ѳзбекстанның жаңаланған келбетин жасларымыз қәлб кѳзи менен кѳре алған. Ѳйткени, олардың жүрегиндеги миллий мақтаныш уллы тәрбиядан нәр алған.

                                                                                                                   

                                                                                                                                   ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер