Магистрантлар ушын жаңа оқыў қолланба

Қарақалпақ тил билими кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Шамшетдин Абдиназимов ҳәм Хожаахмед Толыбаевлардың авторлығында жоқары оқыў орынларының магистратура басқышы 5A120102 – Лингвистика  қәнигелигиниң магистрантлары ушын таярланған «Lingvokulturologiya» атамасындағы жаңа оқыў қолланбасы 10 баспа табақ көлеминде «Qaraqalpaqstan» баспасында басылып шықты.

Бул оқыў қолланба Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги жанындағы оқыў-методикалық бирлеспелер искерлигин Муўапықластырыўшы кеңесте қарап шығылып, министрликтиң 2020-жыл 30-июньдеги 359-санлы буйрығы тийкарында басып шығарыўға руқсат берилген. «Lingvokulturologiya» оқыў қолланбасы магистратура басқышы Лингвистика (қарақалпақ тили) қәнигелигиниң мәмлекетлик билимлендириў стандарты ҳәм үлги оқыў режесине сәйкес таярланған.

Оқыў қолланба қарақалпақ тил билиминиң жаңа – лингвокультурология тараўы бойынша дәслепки мәртебе таярланып, жарық көрди.

 

Г.Алламбергенова
Қарақалпақ тил билими кафедрасының ассистенти, PhD

 

 

Пайдалы дереклер