Европа Аўқамының Эразмус+ бағдарламасының DECIDE (Имканияты шекленгенлер хызметин жетилистириў) жойбары тийкарында Өзбекстандағы бирге ислесиўши жоқары оқыў орынлары (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Мухаммад Ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети, Самарқанд экономика ҳәм сервис институты) ушын әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде тендер өткерилетуғыны дағазаланбақта.
Сатып алынатуғын әсбап-үскенелер ҳақкында мағлыўматларды мына силтемеде табыўыңызға болады.
https://tuit.uz/ru/post/tender-loyiha
Бәрше усыныслар 2021-жыл, 27-мартқа шекем почта арқалы тѳмендеги мәнзилге жиберилсе болады: bpaluanov@gmail.com
Өзбекстан, 230112, Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси, 1-жай. Қарақалпақ мәмлекетлик университети.