Усы жылдың 17-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Билимлендириў ҳәм илим тараўындағы реформаларда Ѳзбекстан “Адолат” СДП қатнасы” атамасында жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий изертлеўшилер менен ушырасыў болып ѳтти.
Ушырасыўды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Ушырасыў Ѳзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, жергиликли Кеңеси депутатлары ҳәм жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий изертлеўшилериниң қатнасында ѳтти.
Ушырасыўға Ѳзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси баслығы, Ѳзбекстан Республикасы Илимлер академиясы президиумы баслығы орынбасары Абдуҳалимов Бахром Абдураҳимович қатнасып, билимлендириў ҳәм илим тараўындағы реформалар, жетискенликлер ҳәм машқалалар бойынша профессор –оқытыўшылар ҳәм илимий изертлеўшилер менен ѳз-ара пикирлести.
Мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўының ѳсиў тезлиги дүнья жәмийетшилиги тәрепинен жоқары баҳаланбақта. Бул процесс ҳәзирги ўақытта илимди раўажландырыў, билимлендириў тараўын реформалаў, илимий ҳәм инновациялық хызметти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең кѳлемли реформалар нәтийжеси деп атап ѳтти.

Бүгинги ушырасыўдың тийкарғы мақсети де жоқары оқыў орынларында билимли ҳәм қәбилетли жасларды илимий изертлеў жумысларына бағдарлаў, жаслар ортасында ѳз-ара илимий-дѳретиўшилик биргелик орталығын раўажландырыў, ѳз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыўлары ушын шараят жаратып бериў. Жасларды пән-техника раўажланыўы жолында бирлестириў ҳәм жас алымлардың илимий жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўден ибарат болды.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар илим-пән тараўын мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатлаў, тараўдың жедел раўажланыўын тәмийинлеў, жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиз турмысына, әсиресе, экономикамыздың барлық тараўларына заманагѳй илим жетискенликлерин енгизиў, қәнигелерге шараят жаратыў, олардың мийнетин материаллық ҳәм руўхый хошаметлеўге қаратылған кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте, деп атап ѳтти Ѳзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси баслығы Б.Абдуҳалимов.

Ушырасыў барысында бул тараўда шешимин күтип турған мәселелерге де әҳмийет қаратып барыў зәрүр екенлиги атап ѳтилип, илимий искерликти және де жеделлестириў жолында машқалалар ҳәм олардың шешимин анықлаў, тараўдың ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў барысында жас илим изертлеўшилериниң усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.

Сондай-ақ, ушырасыўда бүгинги күнде Президентимиз Жаңа Ѳзбекстан келешегин билимлендириў ҳәм илим-пәнде кѳрип атырғанлығын, Үшинши Ренессанс мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында күн тәртибине қойып, оны миллий идея дәрежесине кѳтерип атырғаны мәмлекетимиз дүнья халықларын ѳзине қарата алатуғын уллы бир келешектиң камал табыўына қойылған исенимли қәдемлериниң бири болатуғынлығы атап ѳтилди. Соннан келип шығып, мәмлекетимизде билимлендириў системасын модернизация етиў, оны қайта қурыў, илим, техника, технология, экономиканың заманагѳй жетискенликлери тийкарында тәлим-тәрбия процесин жетилистириў барысында пикирлесиўлер болды.
ҚМУ Баспасѳз хызмети.