Жас алымлар менен ушырасыўдан соң партия ағзалары билимлендириў процесинде студентлер ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлер турар жайына барды.
Бүгинги күнде университетте жәми 15 162 студент күндизги оқыў бағдарында билим алмақта. Бүгинги күни университет студентлер турар жайы комплекси 6 бинадан ибарат болып, жәми 1340 орынға мѳлшерленген. Келеси 2022-2023-жылларда және еки 400 орынға мѳлшерленген студентлер турар жайы бинасын жаңадан қурыў жумысларын алып барыў мәселеси мәнзилли дизимге киргизилген.
Университет турар жайындағы студентлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысар екен, оқыўдан соң бос ўақтын мазмунлы ѳткерип атырған жасларымыз ѳз қызығыўшылығы бойынша ҳәр қыйлы ѳнерлер менен бәнт.
Партия белсендилери студент жаслар менен пикирлесип, олардың турмыс жағдайы менен жақыннан танысты.





ҚМУ Баспасѳз хызмети