Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген «бес əҳмийетли басламасы»ның екинши бағдары, жасларды физикалық шынықтырыў, олардың спорт тараўында қəбилетин жүзеге шығарыў ушын зəрүр шараятларды жаратыўға қаратылған ис – илəжлар тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети Тарийх факультетинде спорттың стол теннис түри бойынша факультет бириншилиги өткерилди.
Жарысқа факультетимиздиң спортқа қызығыўшы студентлери белсенди қатнасты. Тийкарынан ер балалар арасында болып өткен бул ойынларда ҳəр бир қатнасыўшы факультет чемпионлығы ушын қызғын беллести. Ойын нəтийжелерине көре I орынды 1-курс студенти Себучов Рустам, II орынды 1-курс студенти Ниетбаев Атабек ҳəм III орынды 4-курс студенти Хамидуллаев Расул ийеледи. Жеңимпазларды факультет деканы С.Сулайманов қутлықлап, дипломларын тапсырды.
Бундай спорт жарысларының тез – езден өткерилиўи спoрттың ғалабаласыўы ҳəм саламат турмыс тəризин ен жайдырыўда жүдә əҳмийетли.



ҚМУ Тарийх факультети