Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер, әдиӯли ел ағасы мийнет қаҳарманы, «Эл юрт ҳурмати» ордени ийеси Қ.Камаловтың өмир жолына бағышлап Тарийх факультетиниң Археология кафедрасы доценти Ж.Айтмуратовтың «ТАРИЙХ жылнамасын жаратқан ИНСАН» атамасындағы қолланбасы «Билим» баспасынан шықты.
Қолланбада елимиздиң әдиӯли ел ағасы, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Мийнет каҳарманы Қаллибек Камаловтың республикамызды басқарған дәӯирдеги халық хожалығы, санаат, илим ҳәм мәдениятты раӯажландырыӯдағы хызмети пүткил Өзбекстан көлеминде жоқары баҳаланады.
Бул китапшада ХХ әсирдиң 60-80-жылларында республикамыздың социал-экономикалық раӯажланыӯындағы тарийхый жетискенликлер әдиӯли ақсақалымыздың пидайылық хызметиниң нәтийжеси екенлиги, халық ушын ислеген уллы хызметлери тарийх жылнамасында өшпес орын ийелейтуғыны ҳаққында сөз етилген.